2022-2023-оқыў жылы 1-шерек даўамында исленген жумыслар

Нөкис районы 15-санлы Балалар музыка ҳәм көркем-өнер мектеби өз оқыў тәрбия жумысларын 2022-жыл август айынан баслады. Мектеп әтирапында абаданластырыў жумыслары мектеп жәмәәти тәрепинен алып барылды.

2022-жыл 23-25-август күнлери быйылғы 2022-2023-оқыў жылына оқыўшыларды биринши классқа қабыллаў жумыслары алып барылды. Мектеп директоры В.Утегенова оқыўшыларды қабыллаў бойынша комиссия қурамын дүзип, оқыўшыларды быйылғы 2022-2023-оқыў жылына қабыллаў жумыслары комиссия қурамы тәрепинен алып барылды.

Быйылғы оқыў жылында барлық бөлимлер бойынша 150 оқыўшы қабылланып, соннан 83 оқыўшы қыз балалар биринши классқа қабылланды. Жәми мектеп бойынша оқыўшылар саны 478 оқыўшы болып есапланады.


Жәми 11 бөлим өз жөнелисинде тәлим тәрбия жумысларын алып бармақта. Нөкис районы 15-санлы Балалар музыка ҳәм көркем-өнер мектебинде жәми ­­­­46 оқытыўшы болып, соннан 20 жоқары, 6 оқытыўшы жоқарғы оқыў орынларында оқып  атырған болса, 19 орта арнаўлы мағлыўматқа ийе оқытыўшылар болып есапланады.

2022-жыл 26-август күни 2022-2023 оқыў жылы бойынша №1 педагогикалық кеңеси шѳлкемлестирилип, быйылғы оқыў жылында исленетуғын жумыслар ҳаққында мектеп жәмәәти менен сөйлесип алынды. Педагогикалық кеңесте мектеп жәмәәтин быйылғы оқыў жылы режеси менен таныстырылып, исленетуғын жумыслар бойынша тапсырмалар бөлистирилип берилди.

2022-жыл август айында Нөкис районы Мәденият бөлими менен биргеликте Өзбекстан Республикасы Ғәрезсилигиниң 31 жыллығына бағышланған концерт бағдарламасына таярлық жумыслары алып барылып, мектебимиз оқыўшылары ҳәм оқытыўшылары байрам концертине белсене қатнасты. Байрамға бағышланған концерт бағдарламасы 2022-жыл 29-август күни Нөкис районы Спорт комплексинде Нөкис районы халқы қатнасыўында көтериңки руўҳта өткерилди.


Нөкис районы 15-санлы мектеби 2022-жыл 5-сентябрь күнинен өз оқыў тәрбия жумысларын баслады. Усы күнниң өзинде оқыў тәрбия жумыслары бойынша бәрше ҳүжжетлер тастыйықланып, сабақлар жыл басынан дүзилген кесте тийкарында өтилди ҳәм мектеп дирекциясы тәрепинен сабақлардың өтилиў барысы толығы менен қадағаланып барылды.

2022-жыл 14-сентябрь күни Нөкис районы 15-санлы Балалар музыка ҳәм көркем-өнер мектеби концерт залында «Камалак жулдызлары» таңлаўы өткерилди. Таңлаўда жеңимпазлар анықланып, бир қатар оқыўшылар келеси Республикалық басқышқа жоллама алды.

2022-жыл 30-сентябрь күни 1-октябрь – Устазлар күни мүнәсебети менен Нөкис районы орайында байрам кешеси болып өтти. Байрам кешесинде усы тараўда белсендилик көрсетип киятырған устазлар хошаметленди. Байрамда мектебимиз окыўшылары өз номерлери менен қатнасты.

2022-жыл 11-октябрь куни Нөкис районы 15-санлы музыка ҳәм көркем-өнер мектебинде Зулфия атындағы мәмлекетлик сыйлық ушын жәрияланған таңлаўдың районлық басқышы болып өтти. Таңлаўда пән, әдебият, билимлендириў, көркем-өнер, спорт ҳәм жәмийетшилик бағдарында жоқары жетискенликлерге ерисип киятырған қәбилетли қызлар қатнасты.

Жоқарыдағы жөнелислер бойынша айрықша табысларды қолға киргизип киятырған он төрт жастан отыз жасқа шекемги қызлар арасында өткерлген таңлаў жуўмағында жеңимпазлар анықланып, келеси басқышына жоллама алды. Мектебимизден еки оқыўшы Елиўбаева Зүлхумар, Айбаршын Аллабаевалар  таңлаўда жеңимпаз атанып, келеси Республикалық басқышқа жоллама алды.

Усы  күни  II мезгилде мектебимиз оқытыўшысы, жас композитор Саўлатбай Камаловтың дѳретиўшилик ҳәм ушырасыў кешеси болып өтти. Кешеде жас композитор тәрепинен өз дөретиўшилигиндеги шығармалардан атқарылды. Концертти мектеп жәмәәти кѳрип тамашалады.

2022-жыл 21-октябрь күни 21-октябрь – Өзбек тили байрамы күнине бағышлап Нөкис районы 15-санлы музыка ҳәм көркем-өнер мектебинде кеше шөлкемлестирилди. Бүгинги күнде Өзбекстанда шет тиллерин үйрениўге барлық имканиятлар жаратыў менен бирге өзбек тилин, соның ишинде қарақалпақ тилин терең үйрениўге де айрықша итибар қаратылмақта. Себеби,  Өзбекстан Республикасы Конституциясының 4-статьясында Өзбекстан Республикасының мәмлекетлик тили өзбек тили екенлиги белгилеп қойылған болса да Өзбекстан Республикасы аймағында жасаўшы барлық миллет тиллери, үрп-әдет ҳәм дәстүрлери ҳүрмет етилетуғынлығы шығып сөйлеўшилер тәрепинен атап өтилди. Сондай-ақ, шөлкемлестириўшилер тәрепинен ең үлгили директор, муғаллим ҳәм оқыўшыларға Ҳүрмет жарлықлары тапсырылды. Байрам концерт бағдарламасы менен даўам етти.

2022-жыл 25-28-октябрь күнлери аралығында I шерек жуўмақлары бойынша имтихан болып өтти. Имтиханда оқыўшылар I шерек даўамында үйренген нама ҳәм қосықларын атқарып, өзлерине тийисли баҳаларын алды.

2022-жыл 31-октябрь күни «Қарақалпақстан мәденияты» газетасы редакциясы Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси жанындағы мәмлекетлик емес, коммерциялық емес шөлкемлерди ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларын қоллап-қуўатлаў жәмийетлик фонды тәрепинен қаржыландырылған “Мәҳәлледен танылған талант” грант жойбары тийкарында ҳәм мәҳәллелердеги талантлы жасларды қоллап-қуўатлаў, олардың қәбилетлерин жүзеге шығарыў ҳәм хошаметлеў мақсетинде өткерилген онлайн таңлаўдың «Бақсышылық» жөнелиси бойынша мектебимиз оқыўшысы Елиўбаева Зулхумар 1-орын жеңимпазы болды.

2022-жыл 3-ноябрь күни шерек баҳалары шығарылып, оқыўшылар 2022-жыл 4-10-ноябрь күнлери аралығында шереклик дем алысқа жиберилди.

2021-жыл  7-ноябрь  күни №2 педагогикалық кеңес шѳлкемлестирилип, биринши шерек жуўмақлары талықланып, кейинги шеректе исленетуғын жумыслар ҳаққында мектеп жәмәәтине бир қанша тапсырмалар берилди.

Улзада ХОЖАНИЯЗОВА

15-санлы Балалар музыка ҳәм кѳркем-ѳнер мектеби директорының оқыў ислери бойынша орынбасары