2022-жыл 10-ноябрь күни Нөкис районы 15-санлы Балалар музыка ҳәм көркем-өнер мектеби II шерек бойынша өз оқыў тәрбия жумысларын баслады.



2022-жыл 18-ноябрь күни Өзбекстан Республикасы байрағы қабыл етилген күнге бағышлап байрам концерти шөлкемлестирилди.
2022-жыл 1-декабрь күни Нөкис районы 15-санлы Балалар музыка ҳәм көркем-өнер мектебинде Қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилгенине 33 жыл толыўы мүнәсибети менен байрам кешеси өткерилди. Кешеде сөзге шыққанлар байрам илажына қатнасыўшыларды тарийхый сәне менен қызғын қутлықлады. Байрам кешеси мәденият бөлиминиң концерт бағдарламасы менен даўам етти.



2022-жыл 7-декабрь Нөкис район 15-санлы музыка ҳәм көркем-өнер мектеби мәжилислер залында Өзбекстан Республикасы Конституциясының 30 жыллығына бағышланған салтанатлы кеше болып өтти. Кешеге район ҳәкими, мәкеме, кәрхана, жәмийетлик шөлкемлердиң басшылары ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты. Салтанатлы кеше Өзбекстан Республикасының гимни менен басланды. Буннан соң район ҳәкими Ө.Уснатдинов ҳәм басқалар сөзге шығып, Өзбекстан Республикасы Конституциясының 30 жыллығы менен бәршени қызғын қутлықлаў менен бирге Конституциямыздың мазмуны ҳәм әҳмийети ҳаққында кең түрде пикирлерин айтып өтти. Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 8-ноябрьдеги Пәрманына муўапық, Өзбекстан Республикасы Конституциясының 30 жыллығы естелик нышанлары тапсырылды. Бизиң жәмәәтимиз ушын ең қуўанарлысы мектебимиз директоры В.Утегенова да усы кѳкирек нышан менен сыйлықланыўы болды. Бул әлбетте мектебимиздиң жетискенлиги. Кеше соңында Мәденият бөлими ҳәм балалар музыка ҳәм көркем-өнер мектеби тәрепинен концерт бағдарламасы шөлкемлестирилди.



Мақсетимиз өсип киятырған келешек әўлад тәрбиясына музыка арқалы тәсир жасап, олардың мәдениятлылығын өсирип, руўхый дүньяларын байытыў. Бунда халқымыздың өлмес байлығы болған миллий музыкаларымызды келешек жаслардың санасына сиңдириў оғада әҳмийетли мәселе. Бүгинги күнде Президентимиз тәрепинен музыка мектеплери ушын жаратылған шәраятлардан толық пайдаланып, келешегимиз болған жасларға музыка сырларын үйретиўде еле де күш-жигеримизди аямаймыз.
Улзада ХОЖАНИЯЗОВА
15-санлы Балалар музыка ҳәм кѳркем-ѳнер мектеби директорының оқыў ислери бойынша орынбасары
